Республикамыз фермерлери быйылғы жылы жәми 87 мың 791 гектар майданға пахта еккен болып, елге 184 мың 200 тоннадан аслам пахта тапсырыўды режелестирип отырыпты. Сентябрь айында атызлардағы пахталар ашылыўы менен жыйын-терим басланып кетти.

Өткен айдан берли пахта териў мәўсиминде оны сепситпей жыйнап алыўды шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен жәмлеспеген халықты, пахта жыйын теримине қатнасыўды қәлейтуғын ықтиярлыларды тартқан ҳалда отрядлар дүзиў жумыслары баслап жиберилген еди.

Олар шөлкемлескенлик жағдайында пахта атызларына түсип теримди баслап жиберди. Олар бир күнде 4260 тоннадан аслам пахта терип тапсырды. Мәўсим басынан берли республикамыз бойынша 29 мың 317 тонна (15,9%) пахта терилген.

  • Республикамыз бойынша жәми 3473 фермер хожалығы бар. Оларға тийисли болған атызлардағы пахталарды избе-из түрде шөлкемлескенлик пенен терип алыў ушын 96 мың 543 теримшиден ибарат 1323 отряд дүзилди. Отрядлардың көпшилиги пахта тапсырыў режеси жоқары болған Әмиўдәрья (300), Кегейли (185), Төрткүл (120), Шоманай (102) районларында мийнет етпекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы Қ.Нурымбетов. – Отрядларды дүзиўде балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери, пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, нызамларда белгиленген мийнет ҳуқықларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик, мийнет шараятлары, кәсиплик кеселликлер, мийнет жарақатларының келип шығыўы ҳәм кеўилсиз ақыбетлердиң алдын алыў, терим жумысларын қәўип-қәтерсиз алып барыў сыяқлы мәселелелерге үлкен итибар қаратылды.

Пахта жыйын-терим жумысларына мәжбүрий түрде медицина, билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерин, студентлерди ҳәм басқа да социаллық тараў ўәкиллерин тартыў жағдайлары ушыраспады.

Белгиленген тәртипке муўапық барлық отрядларға басшы, аспаз, автотранспорт толық бекитилген. Орынларға теримдеги тәртип-қағыйдаларды түсиндириўши 200ге жақын баннерлер қыстырылды. Агробанктиң районлардағы филиалларынан районлық кеңеслердеги отряд басшыларына мийнет ҳақы бериў бойынша арнаўлы есап бетлери ашылды. Ҳәзирги күнде районлардағы бәнтликке көмеклесиў орайлары отряд басшыларына мийнет ҳақы бериў бойынша Кеңес тәрепинен 1 миллиард 326 миллион сумлық буйыртпа берилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.