ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Сиясий билимлендириў» орайы тәрепинен пайтахтымызда партияның идеялық мақсетин ҳәм бағдарламаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип киятырған партия белсендилериниң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў, олар арасындағы үгит-нәсиятлаўшы жаслардан лидерлерди таярлап, депутатлардың кадрлар қорына алыў, олардың көнликпелерин арттырыў мақсетинде «Лидерлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў» темасында семинар-тренинг өткерилди.

Буннан мақсет – келешекте депутат болыўды нийет еткен жаслардың сиясий билимин арттырыўға көмеклесиў, олардың лидерлик қәбилетин жүзеге шығарыўдан ибарат.

Семинар-тренингке партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, төменги буўын басшылары, кадрлар қорына алынатуғын партия белсендилери қатнасты.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов шығып сөйлеп, депутат болыўды нийет еткен жасларға қалайынша депутатлыққа сайланыў мүмкин екенлиги ҳәм депутат болып сайланғаннан кейин қандай ўазыйпаларды орынлаў кереклиги туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

– Мен келешекте депутат болыўды өзиме мақсет етип қойғанман,-дейди партия белсендилериниң бири, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти А.Жолдасбаев. – Бүгинги өткерилип атырған семинар-тренингте усы мақсетиме қалайынша ерисиўим мүмкин екенлиги туўралы мағлыўматларға ийе болдым ҳәм алдағы ўақытлары алған билим ҳәм көнликпелерге әмел етиўге ҳәрекет етемен.

Сондай-ақ, семинар-тренингте қәнигелер инсан психологиясы, лидерлик қәбилет, халық алдында шығып сөйлеў (ораторлық) мәденияты, соның менен бирге инсанның өзине тән болған исенимин раўажландырыў ҳәм беккемлеў жоллары туўралы интерактив усыллардан пайдаланған ҳалда мастер класс сабақларын өткерди.

Илаж даўамында ең белсенди қатнасқан жасларға партия тәрепинен миннетдаршылық хатлары тапсырылып, 15 белсенди жас лидерлик қәбилети бойынша кадрлар қорына алынды.

Усындай семинар-тренинглер республикамыздың басқа да районларында болып өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.