Министрлер Кабинетиниң «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Ҳүжжет тийкарында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларына орнатылған видеорегистраторлар арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы видеожазыўларды қабыл етиў, көрип шығыў ҳәм оларды усынған шахсларды хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды және 2019-жыл 1-июльдан баслап әмелге енгизиледи. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльға шекем:

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларына орнатылған видеорегистраторлар арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы видеожазыўларды топлайтуғын орайластырылған система иске қосылыўын;

– орайластырылған системаға келип түсип атырған видеожазыўлар бойынша системалы мониторинг жүргизиў ҳәм процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын усы системаны Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Ҳәкимшилик әмелият» комплексли автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияланыўын тәмийинлейди.

Видеорегистраторлар ислеп шығарыўды жергиликлилестириў бойынша илажлар 2017-жылы жуўмақланған және жергиликли кәрханалар тәрепинен видеорегистраторларды ишки базарға жеткерип бериў имканияты бар екенлиги атап өтиледи.

Белгилеп қойылыўынша:

А) 2019-жыл 1-июльдан баслап:

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларына орнатылған видеорегистраторлар арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлық жағдайлары сәўлеленген видеожазыўлар арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазып алыў техникалық қураллары арқалы дизимге алынған ҳуқықбузарлықлар жағдайлары дизимге алынған видеожазыўларға теңлестириледи және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде белгиленген тәртипте көрип шығылады;

Шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан жәмийетлик транспорт ҳәм жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар ушын автотранспорт қуралларына видеорегистраторлар орнатыў бойынша мәжбүрий тәртип енгизиледи;

Ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы видеожазыўларды жиберген шахслар ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма есабынан ең кем айлық мийнет ҳақының бес проценти муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди;

Б) Ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы видеожазыўларды усынған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлардың әшкараланыўына жол қойылмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.