Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында 24-сентябрь күни Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Бинали Йилдирим басшылығындағы Түркия парламети делегациясы менен ушырасыўлар болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев пенен ушырасыўда еки тәреплеме байланысларды буннан былай да раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны, атап айтқанда, парламентлер аралық сөйлесиўди тереңлестириўге бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл октябрь айында Түркия Республикасына, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның усы жылы елимизге мәмлекетлик сапары барлық бағдардағы қатнасықларды анық әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етпекте.
Парламентлер аралық байланыслар жедел пәтлер менен беккемленип атырғаны пайдалы шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў имканиятын бермекте. Усы жыл март айында Түркия парламентиниң «Түркия – Өзбекстан» парламентлер аралық дослық топарының баслығы басшылығындағы делегацияның сапар етиўи пикиримизди дәлиллейди.
Түркия парламенти делегациясының сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилиси парламентлер аралық дослық топарының дәслепки қоспа мәжилиси өткерилген еди. Онда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша 2018-жылға мөлшерленген «Жол картасы» имзаланған болып, бул сапар етиў де усы келисим шеңбериндеги илажлардан бири болып табылады.
Сөйлесиўде тәреплер Олий Мажлис Сенаты ҳәм Уллы миллет мәжилисиниң қәўендерлигинде Өзбекстан – Түркия регионлары форумларын шөлкемлестириў ҳаққында пикир алысты. Парламентлер аралық бирге ислесиў және халықаралық парламент структуралары шеңбериндеги өз-ара байланысларды буннан былай да тереңлестириў бойынша биргеликте әмелге асырылып атырған жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен сөйлесиўде Түркия Республикасы менен барлық тараўларда бирге ислесиў, соның ишинде, парламентлер аралық қатнасықлардың раўажландырылыўы Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири екени атап өтилди.
Сәўбетлесиў ўақтында еки елдиң саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин жедел қоллап-қуўатлаўға бағдарланған бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселелери додаланды. Бунда нызам шығарыўшы уйымлар арасындағы байланыслар, парламентлер аралық дослық топарларының имканиятларынан жедел рәўиште пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мийманларға мәмлекетимиз парламенти төменги палатасының жумысы, парламентаризм тараўындағы жаңалықлар, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында айтып берилди.
Бинали Йилдирим еки мәмлекеттиң жоқары ўәкилликли уйымлары арасындағы байланыслар жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Бул сыяқлы әмелий сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм әлбетте парламентлер аралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Бинали Йилдирим Мустақиллик майданына барып, еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиз нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.
Түркия парламенти делегациясы усы күни еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалаўға бағышланған бир қатар сөйлесиўлерге де қатнасты.
* * *
Түркиялы шериклер менен биргеликте саўда, санаат, инвестиция, транспорт тараўлары қатарында туризм, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў бағдарларында да перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жерде Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТИКА)ниң мәмлекетимиздеги жумысын атап өтиў орынлы.
Түркия парламенти делегациясының сапары шеңберинде ТИКА тәрепинен мәмлекетимиз халқына сапалы тез медициналық жәрдем ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў мақсетинде 50 тез жәрдем машинасы ҳәм 20 мобиль офис автобусы ажыратылды.
«Өзэкспоорай»да усы транспорт қуралларын Денсаўлықты сақлаў ҳәм Әдиллик министрликлерине тапсырыў мәресими болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Бинали Йилдирим, мәмлекетимиздеги тийисли министрликлер менен уйымлар, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Заманагөй реанимобильлер халыққа қыстаўлы медициналық жәрдемди тез ҳәм сапалы көрсетиўде айрықша орын ийелейди. Зәрүр материаллық-техникалық базаға ийе, қуяш панеллери менен тәмийинленген 20 мобиль офис автобусы бир қатар мәмлекетлик хызметлерди тиккелий орынларда, соның ишинде, ПҲАЖ ҳәм нотариус хызметлерин көрсетиў имканиятын береди.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршылары