Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев 24-сентябрь күни елимизге келген Индонезия Халық мәсләҳәтлесиў конгресси баслығының орынбасары Ҳидоят Нур Воҳид басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиўде Өзбекстан – Индонезия парламентлер аралық бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Быйыл Индонезия парламенти Халық ўәкиллери кеңеси, Регионлар ўәкиллери кеңеси ҳәм Индонезия Халық мәсләҳәтлесиў конгресси делегациялары елимизде болды. Бул нызам дөретиўшилиги жумысын үйрениў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша еки мәмлекет парламентлер аралық бирге ислесиўи раўажланып атырғанынан дәрек береди.

Ушырасыў даўамында мийманларға 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берилди. Мәмлекетлик қурылысты жетилистириў, демократиялық реформаларды әмелге асырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, сөз еркинлигин беккемлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўда жумысы барған сайын кеңейип атырған парламентлик қадағалаў әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиздиң нызам шығарыўшы уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Сондай-ақ, демократиялық ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыў бойынша топланған тәжирийбелер талқыланды. Парламентлер аралық сөйлесиўди мазмуны жағынан еле де байытыў ушын барлық зәрүр имканиятлар бар екени атап өтилди.

Илажда тәреплер парламентлер аралық бирге ислесиў ҳәм халықаралық парламент структуралары шеңбериндеги өз-ара байланысларды буннан былай да кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды даўам еттириўге келисип алды.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы