Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-сентябрь күни елимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Америка Қурама Штатларының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Памела Спратленди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы  Өзбекстан – Америка Қурама Штатлары байланысларын избе-из раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге АҚШ елшисиниң жеке өзи салмақлы  үлес қосқанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың май айында Америка Қурама Штатларына рәсмий сапарының жемисли нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлардың жаңа дәўири ушын беккем тийкар жаратты.

Тәреплерди қызықтырған барлық мәселелер бойынша конструктивлик сиясий сөйлесиў жолға қойылды. Парламентлер аралық алмасыўлар жеделлести.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңеймекте. Илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў раўажланбақта.

АҚШ елшиси мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди. Америка Қурама Штатлары еки тәреплеме қатнасықларды избе-из раўажландырыўға айрықша әҳмийет қарататуғынын және мәмлекетлеримиз бенен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге умтылысы исенимли екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында  мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын АҚШтың Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Памела Спратлен «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

ӨзА