21-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Өзбекстан Республикасы Президентиниң Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясы, оның тарийхый әҳмийети» атамасындағы илимий конференция болып өтти.

Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашып берди. Ол өз сөзинде бүгинги күни тек ғана регионаллық емес, пүткил дүнья жүзилик экологиялық машқалаға айланған Арал апатшылығы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўдың әҳмийети жөнинде айтып өтти. Буның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 24-август күни Түркменстан Республикасының Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары Кеңесиниң әнжуманында усыныс еткен Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтти.

Конференцияда академик Ж.Базарбаев Президентимиз тәрепинен усыныс етилген жаңа стратегияның мазмуны ҳәм әҳмийети, сондай-ақ, илимпазлар тәрепинен алдағы исленетуғын ўазыйпалар жөнинде «Арал проблемасы ҳәм оны шешиўде Президентимиз Ш.Мирзёевтиң жаңа стратегиясы, оның тарийхый әҳмийети», институттың ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы доценти, аўыл хожалық илимлериниң кандидаты Қ.Қосназаров «Аралдың қурғаған ултанында от-жем өсимликлерин өсириў машқалалары», институттың география оқытыў методикасы кафедрасының оқытыўшысы Қ.Узақбаев «Арал теңизи: кеше, бүгин ҳәм келешекте» атамаларында баянат жасады.

Баянатшылар Арал апатшылығының жүзеге келиў себеплери ҳәм оны сапластырыў бойынша алдын усыныс етилген стратегиялар ҳаққында айта келип, олардың илимий тийкардан бираз кемшиликлерге ийе болғанлығы, дүнья илимпазларының бул кемшиликлер ҳаққында билдирген пикир-усынысларына тоқталды. Сондай-ақ, Президентимиз усынған жаңа стратегия ҳәр тәреплеме илимий тийкарланған, әмелиятта дәлилленген усыллардан ибарат екенлиги әмелий мысаллар менен атап көрсетилди.

Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен усынылған жаңа стратегияның мазмуны соннан ибарат, бунда Арал апатшылығын сапластырыў ушын оның қурғаған ултанында жасыл тоғайлықларды пайда етиў ҳәм бул арқалы аймақтың экологиялық турақлылығын тәмийинлеп, келешекте «Жасыл экономика»ны пайда етиўден ибарат болып есапланады. Буның ушын Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлге шыдамлы ҳәм шарўашылықта кең пайдаланылатуғын өсимликлерди егиў ҳәм тоғайлықларды пайда етиў ўазыйпасы турғанлығы айрықша атап өтилди.

Илимпазлардың айтыўына қарағанда, буның ушын 10-12 жыл ўақыт зәрүр болады. Және де бул мәселеге дүнья жүзилик итибарды қаратып, инвестициялар киргизиў арқалы жумыс пәтин жеделлестириў мүмкинлиги де атап өтилди.

Илаж даўамында күн тәртибиндеги мәселе бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.