Ислам раўажланыў банки (ИРБ) топарының президенти Бандар Ҳажар басшылығындағы делегацияның елимизге сапары шеңберинде 18-сентябрь күни «Ислам раўажланыў банки топарының күни» өткерилди.

Илажда тийисли министрликлер менен уйымлар, халықаралық финанс институтлары ҳәм жеке сектор ўәкиллери, Өзбекстанда жумыс ислеп атырған дипломатиялық корпус басшылары қатнасты.

Әнжуман қуран оқыў менен басланды.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Холмуродов елимиз бенен Ислам раўажланыў банки арасындағы қатнасықлар жедел раўажланып баратырғанын, тәреплер социаллық-экономикалық тараўларға бағдарланған жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бағдарында кең көлемли бирге ислесип киятырғанын, бүгинги күнге келип банк жәрдеминде жәми 25 жойбардың турмысқа енгизилигенин атап өтти.

ИРБ топарының президенти Бандар Ҳажар Өзбекстанда өткен жыллар даўамында халықтың турмыс сапасын жоқарылатыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында биргеликте алып барылған жумыслардың нәтийжелерине тоқтап өтип, тәреплер инвестициялық жойбарларды ислеп шығыўды ҳәм әмелге асырыўды жаңа басқышқа көтеретуғынын  мәлим етти.

ИРБға бүгинги күнде 57 мәмлекет ағза болып есапланады. Банк ағза мәмлекетлерге жоллар, каналлар, бөгетлер, мектеплер, емлеўханалар, турақ-жай, аўылларды раўажландырыў сыяқлы аўыл хожалығы ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржыландырыўға жәрдемлесип келмекте.

Өзбекстан 2003-жылдан ИРБның толық ағзасы болып есапланады. Бирге ислесиўдиң дәслепки тәжирийбеси 1992-жылы Өзбекстан мусылманлары шөлкемине жәми 1,4 миллион доллар муғдарында грант қаржылары ажыратылыўы менен басланған.

Өткен жаллар даўамында 926 миллион доллар баҳасындағы жойбарлар әмелге асырылған. 2017-жылы Өзбекстан ҳәм ИРБ арасында қол қойылған 300 миллион долларлық қаржылық келисим бойынша, банк берген қаржылар «Аўыллық жерлерде турақ жай қурылысын раўажландырыў» жойбарының 2-басқышын әмелге асырыўға бағдарланған. Бул жойбар 2021-жылға шекем 6 ўәлаятта жаңаланған үлгидеги жойбарлар тийкарында 6,4 мыңнан аслам турақ жай, 110,52 километр жоллар, 197,80 километрлик ишимлик суўы тармақларын қурыўды нәзерде тутады.

Конференция шеңберинде Өзбекстан ҳәм ИРБның 2018-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды. Оған муўапық үш жыл даўамында Өзбекстанда экономикалық ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға 1,3 миллиард доллар қаржы қаратылады.

Илажда ИРБ структуралары ҳәм жергиликли банклер арасында да бир қатар келисимлерге қол қойылды.

-«Ислам раўажланыў банки топарының күни» әнжуманы шеңберинде ИРБ менен жаңа келисимге еристик,-деди «Туранбанк»тиң сыртқы экономикалық жумыс департаментиниң директоры Акмал Муродов. –ИРБ кредит линиялардың абзаллығы соннан ибарат, оларға процент қойылмайды, тек ғана үстеме ҳақылары белгиленеди. Биз қол қойған келисимге муўапық, «Туранбанк»ке саўданы қаржыланыдырыў линиясы бойынша 10 миллион доллар қаржы ажыратылатуғын болды.

Илаж шеңберинде ИРБ структураларының презентациялары өткерилди.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА ның хабаршысы