Диний бағрикенглик: Ўзбекистон ва АҚШ тажрибаси​

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында 17-сентябрь күни «Диний кеңпейиллик: Өзбекстан ҳәм АҚШ тәжирийбеси» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

photo5260526414757734905.jpg

Бул илаж АҚШтың халықаралық диний еркинликлер тараўындағы арнаўлы тапсырмалар бойынша елшиси Самуэл Браунбэк басшылығындағы делегациясының елимизге сапары шеңберинде шөлкемлестирилди. Онда делегация ағзалары, АҚШтың Глобал бирге ислесиў институты, елимиздиң бир қатар министрликлери менен уйымларының жуўапкерлери, пуқаралық жәмийети институтлары, диний конфессиялардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимизде кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғаны, бул реформалардың негизинде сиясий ҳәм экономикалық  модернизация, яғный Өзбекстанды заманагөй мәмлекетке айландырыў идеясы жәмленгенин атап өтти.

photo5260526414757734906.jpg

Заманагөй мәмлекетке айланыў инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди нәзерде тутады. Ҳақыйқатында да ҳеш бир жәмийетте турақлы раўажланыўға диний еркинликти тәмийинлемей ерисип болмайды. Өзбекстан инсан  ҳуқықларын ҳәм диний еркинликти тәмийинлеў бағдарында АҚШ пенен системалы жумысларды әмелге асырмақта. Атап айтқанда, 2017-жылы БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң дин ҳәм исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы Аҳмад Шаҳидтиң елимизге сапары шеңберинде диний еркинлик тараўында әмелге асырылатуғын илажлардың «Жол картасы» ислеп шығылды. Бул әнжуман да усы ҳүжжетке муўапық өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы буннан бир жыл бурын БМШ минберинен турып ислам дининиң тынышлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеўдеги әҳмийетин атап өтип, БМШтың «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын ҳәм Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенцияны қабыл етиў усынысын алға қойды. Быйылғы жылы Президентимиздиң пәрманы менен Ташкент ислам университети Өзбекстан халықаралық ислам академиясына айландырылды. Бул диний тараўда   орта арнаўлы билим орынлары, Ташкент ислам институтынан кейин академия басқышында диний билим алыў имканиятын береди. Ҳәзирги ўақытта академияда Өзбекстан жаслары менен бирге алты сырт ел пуқаралары билим алмақта.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет баслығы Ж.Акрамов, Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының директоры Ш.Миноваров, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры Ш.Ёвқочев ҳәм басқалар елимизде ҳүждан еркинлиги тәмийинленип атырғаны, миллий ҳәм диний қәдириятлардың қәдирленип атырғаны нәтийжесинде миллетлераралық ҳәм диний конфессиялараралық кеңпейиллик, татыўлық орталығының енгизилгенин айрықша атап өтти. «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда ислеп шығылып атырғаны, дин ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў бойынша «Жол қартасы»ның орынланыўы, зыярат туризми бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий У.Алимов, Митрополит Викентий, Өзбекстандағы Рим-католик ширкеўиниң епископы Е.Мацулевич, Яхудийлер диний жәмийетиниң басшысы А.Исахаров, Баҳоийлар жәмийетиниң басшысы Т.Клеменова, Кришнаны аңлаў жәмийетиниң руўханыйы И.Закиров елимизде барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң диний талапларын тәмийинлеў ушын ҳәмме шараятлар жаратып берилгенин, Өзбекстанда динге исениўшилер Қурбан ҳәм Рамазан ҳайыты ҳәм басқа да байрамларды емин-еркин белгилеп атырғанын, диний еркинлик тараўында  ҳеш қандай шеклеўлер ҳәм келиспеўшиликлер жоқ екенлигин атап өтти.

-Өзбекстанда буннан 17 жыл бурын болғанман,-деди АҚШтың халықаралық диний еркинликлер тараўындағы арнаўлы тапсырмалар бойынша елшиси Самуэл Браунбэк. -Өткен дәўирде елиңиз ерискен жетискенликлерге гүўа болдым. Сапар даўамында бир қатар жуўапкер адамлар менен пикирлестим. Елиңиздеги ҳәр бир жетискенлик АҚШта үлкен қуўаныш пенен қабылланбақта. Биз Өзбекстан менен диний еркинлик тараўында бирге ислесиўди избе-из раўажландырамыз. Президент Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа сапары ўақтындағы ушырасыўлардың логикалық даўамы болған сөйлесиўлеримиз Өзбекстан ҳәи Орайлық Азия регионында диний еркинликти тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумыслардың әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.

Әнжуманда елимиздиң халықаралық диний шөлкемлер менен бирге ислесиўи кеңейип баратырғаны, түрли делегациялардың келип атырғаны, көп миллетли жәмийетте динлераралық татыўлыққа ерисиў демократиялық реформаларды избе-из әмелге асырыў, елди ҳәр тәреплеме раўажланыдырыўға  байланыслы сөйлесиўлердиң әмелий түс алғаны атап өтилди.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм миллетлераралық изертлеўлер институты, Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты ҳәм АҚШтың Глобал бирге ислесиў институты арасында өз-ара түсинисиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.

АҚШ делегациясы сол күни Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм миллетлераралық изертлеўлер институтында да ушырасыўлар өткерди.

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршысы