Усы жылдың 7-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық академиялық топарларында Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң топар жетекшилери сайлаўы болып өтти. Онда институттың барлық бакалавиатура ҳәм магистратура топарларында ашық даўыс бериў жолы арқалы топар жетекшилери сайланды.

Сондай-ақ, 14-15-сентябрь күнлери Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтындағы 9 факультеттиң жаслар жетекшилери сайлаўы да жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

– Өткен жылы 5-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманы тастыйықланған еди. Пәрманда атап өтилгениндей, жаслар менен ислесиўди еле жетилистириў, олардың ишине еле де кирип барып, бир ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, машқалаларын үйрениў, қызығыўшылықларын ҳәм умтылысларын мүнәсип баҳалаў мақсетинде ҳәр жаңа оқыў жылы басында ҳәр бир жоқары оқыў орнында топар, факультет ҳәм жоқары оқыў орнының жаслар жетекшилери сайлаўын өткериў белгиленген. Институтымызда да бул жумыслар әдиллик ҳәм әшкаралық принципи тийкарында өткерилмекте, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басланғыш шөлкеми жетекшиси ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Ҳамид Қурбанбаев.

Мағлыўмат ушын, институт жаслар жетекшиси сайлаўы усы жылдың 21-22-сентябрь күнлери өткерилиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.