28-август күни Хожели районында «Жаслар мийнет гүзары»ның ашылыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баспасөз хаткери Шуҳрат Саидаҳмадов хабар бермекте.

Бул объект райондағы «Абат» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бой тикледи.

Еки этажлы «Жаслар мийнет гүзары» ушын 750 млн сум сарпланған болып, бул жерде 20 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

«Жаслар мийнет гүзары»нда гөззаллық салоны, мебель саўда орайы, хожалық буйымлары орайы, парфюмериялық саўда орынлары ҳәм район халқы ушын китапхана, китаплар дүканы хызмет көрсетпекте.

Мағлыўмат ушын, Хожели районында пайдаланыўға тапсырылған «Жаслар мийнет гүзары» Қарақалпақстан Республикасындағы биринши ашылған мийнет гүзары есапланады.

Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары О.Ҳамроев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги