«Озодлик» радиосы ҳәм басқа айрым Интернет сайтларында белгисиз авторлар тәрепинен «Қарақалпақстанда қарамаллар намәлим кеселликтен набыт болмақта» атамасында материал жәрияланған еди. Материалда жазылған мағлыўматлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитети рәсмий мағлыўмат берди.

Сырт ел Интернет сайтларында жәрияланған материалда тенденциялық тәризде Қарақалпақстан аймағында май айында болып өткен дузлы-шаңлы дүбелей себепли пайда болған белгисиз кеселликтен қарамаллар түпкиликли тийкарда қырылып атыр, деген мазундағы мағлыўматлар орын алған.

Бул жерде «Озодлик» радиостанциясының хабаршысы Қоңырат районы турғыны қандай да бир Мадетов Сапарбай деген шахстан интервью алған ўақтында ол маллардың 70-80%  намәлим инфекция менен кеселленген, деп көрсеткен.

Шымбай районының бас ветеринары С.Реимов радиостанция тәрепинен келтирилген санлы мағлыўматлар әдеўир арттырылып берилген, деп айтып өтти.

Тексериў илажларын шөлкемлестириў процесинде Қарақалпақстан аймағында ири шақлы қарамаллардың қырылыў фактлери анықланбады.

Қәнигелердиң билдириўинше, Қарақалпақстанда маллардың «жуқпалы түйинли дерматит» кеселлиги менен кеселлениў фактлери орын алған. Бул жағдай Шоманай, Қанлыкөл, Нөкис, Хожели, Тақыятас, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Әмиўдәрья районларында ушырасады (улыўма 3 мың бастан асламырақ), бирақ набыт болыў фактлери ушыраспады.

Кеселликтиң алдын алыў ҳәм оны емлеў ушын усы жылдың май айында Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хызмети ушын мәмлекетлик бюджеттен Россия Федерациясынан қарамалға мөлшерленген 1,5 млн вакцина (Өзбекстанда шығарылмайды) сатып алыў ушын қаржы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта вакцинаның 451 мың дозасы алып келинди, соннан 400 мыңы пайдаланылды.

Жоқарыда атап өтилген фактлердиң алдын алыў мақсетинде республиканың барлық районларына санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы ҳәм Ветеринария хызмети қәнигелери жиберилди ҳәм олар тәрепинен қарамаллар арасында кеселлениў жағдайларын анықлаў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Соны да айтып өтиў керек, «жуқпалы түйинли дерматит» вирусы қарамалдан адамға жуқпайды, ол тек малдан малға шыбын-ширкейлер арқалы жуғады.

Сонлықтан, бул мағлыўматларды ҳеш қандай тийкарсыз, ҳәзирги заманда кең тарқап атырған информациялық урыстың бир көриниси сыпатында қабыл етсек дурыс болады.

Себеби, экономикада мал шарўашылығы гиреўли орын тутатуғын бизиң регионымызда бундай тийкарсыз, ҳақыйқатқа туўра келмейтуғын мағлыўматлар бир қатар социаллық машқалаларға алып келиўи мүмкин.

Халқымызға рәсмий түрде соны билдирмекшимиз, қәўетерлениўге улыўма себеп жоқ, жоқарыда келтирилген сырт ел Интернет ресурсларының мағлыўматлары улыўма тийкарсыз болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги