Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент!

Сизге Жәҳән банки ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында өз-ара исенимге тийкарланған сөйлесиўлер ҳәм конструктивлик шериклик жолға қойылғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.

Сизиң усы жыл май айында Вашингтонға сапарыңыз даўамында болып өткен нәтийжели ушырасыўдан баслап биз өз-ара бирге ислесиўдиң көплеген бағдарлары бойынша сезилерли табысларға еристик.

Жәҳән банки топары экспертлери Өзбекстан ҳүкиметине ең әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, энергетика тармағын реформалаў, салық ҳәм саўда сиясатын жетилистириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў, Экономикалық кеңести шөлкемлестириў ҳәм басқа да тараўлар бойынша жәрдемлесиў мақсетинде елиңизге турақлы түрде сапар етпекте.

Тығыз бирге ислесиў әмелге асырылмақта ҳәм улыўма нырқы дерлик 1 миллиард долларлық 8 қоспа жойбар таярланбақта. Бул жойбарлар экономиканы раўажландырыў бойынша жаңа жойбарларды ҳәм аўыллық жерлерде халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған «Абат аўыл» бағдарламасын қоллап-қуўатлаўды да қамтып алады.

Мен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған өзгерислердиң пәти, дәрежеси ҳәм көлеминен елеге шекем терең тәсирленемен. Инсан капиталын раўажландырыў бойынша жойбарымыздың дәслепки басқышларында Өзбекстанның қатнасыўына имканият жаратылғаны ушын да Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз. Бизиң бул бағдардағы ислеримизге мәмлекет басшысы сыпатында Сиз де қосыласыз, деп үмит етемен.

Өзбекстанға мирәт еткениңиз ушын Сизден оғада миннетдарман ҳәм жақын арада елиңизге келемен деген үмиттемен.

Ҳүрмет пенен,

Жим Ёнг КИМ,

Жәҳән банки президенти