Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәлимлеме-ресурс орайы алдында Өзбекстан Республикасы  Ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен университет қурамындағы «Репрессия қурбанларын еслеў музейи»ниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында университет баспасөз хызмети хабар бермекте.

Салтанатлы мәресимин университет ректоры Ахмед Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Ашылыў салтанатына Нөкис қаласы ҳәкимилиги, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақтан бөлими Гуманитар илимлер институты басшылары  ҳәм репрессия қурбанлары әўладлары, жәмәәтшилик ўәкиллери, университет профессор-оқытыўшылары  қатнасты.

Музейдиң салтанатлы ашылыўы мүнәсибети менен  қутлықлаў ушын Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы П.Төрешов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, ӨзРИА ҚҚБ Гуманитар пәнлер илим изертлеў институты директоры орынбасары М.Қарлыбаев, Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары аўқамы баслығы, Өзбекстан халық шайыры К.Кәримов сөзге шығып музей шөлкемлестирилиўиниң әҳмийети ҳәм оның турмысымызда, тарийхымызда тутқан орны ҳаққында айтып өтти.

Илаж қатнасыўшылары музейди салтанатлы түрде ашыў ушын лента кесиў мәресиминен соң музей экспозициялары менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги