Уллы Британияның дүньяға белгили «The Independent» газетасында «Жоғалған теңиз тарийхы» атамасындағы мақала жәрияланды. Бул ҳаққында «Xalq so’zi Online»ға тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.
Британиялы журналистлердиң пикиринше, бир ўақытлары көгалай теңиз болған Арал енди қурып баратырған суў бассейнине айланды. Бул машқала тек ғана жергиликли көлемдеги машқала емес, ал улыўма инсаный қәўип есапланады. Арал ултанынан көтерилген дузлар дүньяның ҳәр қыйлы еллери ҳәм аймақларына шекем жетип бармақта.
1992-жылы дүзилген Аралды қутқарыў халықаралық қоры жумысларына тоқтала отырып, басылымда усы структура шеңберинде аўыл хожалық егинлерин егиў, аймақ халқының жасаў шараятын жақсылаў, жер ҳәм суў ресурсларын абайлап сақлаў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылғаны атап көрсетилген.
Қытай медиакорпорациясында тарқатылған хабарда мәлим етилгениндей, аймақ мәмлекетлериниң басшылары Аралды қутқарыў халықаралық қоры жумысларын жетилистириў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў, суў ресурсларын муўапықластырған ҳалда басқарыў, бул бағдарда мәмлекетлер аралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине дыққат қаратты.
АҚШтың «The New York Times» газетасында болса соңғы жыллары Арал әтирапы сырт елли туристлерде қызығыўшылық оятып атырғаны атап өтилген.
– Дүньяның ҳәр қыйлы жерлеринен келген мийманлар бул жердеги көринислерди көрип ҳайран қалмақта. Социаллық тармақларда усы аймақтағы кемелердиң қасында түсирилген сүўретлер оғада ғалабаласпақта. Кейинги ўақытта бул жерде мийманханалардың саны көбеймекте. 14-сентябрьде Мойнақта электрон музыка фестивалы өткерилиўи күтилмекте, – деп жазылған мақалада.
Қарақалпақстан хабар агентлиги