Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында XVIII жазғы Азия ойынлары болып өтпекте.

Аўыр атлетика бойынша салмағы 105 килограмм болған палўанлар арасында Руслан Нуриддинов пьедесталдың ең жоқары текшесинен орын алды.

Руслан дәс көтериў беллесиўлеринде 191 килограмлық тасты өзине бойсындырған болса, силтеп көтериўде 230 килограмм болған тасты көтерди. Сол тәризде палўанымыз жуўмағында  улыўмалық 421 килограмм нәтийже менен жарыстың алтын медалын қолға киргизди. Сондай-ақ, Р.Нуриддинов бул нәтийжеси менен Азия ойынларының рекордын жаңалады.

Аўыр атлетика бойынша қызлар арасында 75 килограмм салмақ категориясында елимиз абырайын қорғаған Омадой Отақўзиева 237 килограмм нәтийже менен гүмис медальға ийе болды.

Азия ойынларында ўәкиллеримизден Адбумалик Салимов (пенчак силат), Садриддин Сайматов, Барно Мирзаева (каратэ), Суҳроб Хўжаев (жеңил атлетика) бронза медалы менен сыйлықланды.

Усы тәризде Өзбекстан делегациясы 26-август жағдайына бола, 6 алтын, 11 гүмис, 11 бронза, жәми 28 медаль менен улыўма командалық есапта  10-орында бармақта.

Ж.ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзА ның хабаршысы