Индонезияның Жакарта ҳәм Плембанг қалаларында өтип атырған XVIII жазғы Азия ойынларында Өзбекстан делегациясы 23-август ҳалатына бола 4 алтын, 8 гүмис, 7 бронза, жәми 19 медальды қолға киргизди.
Азия ойынларының еркин гүрес беллесиўлеринде 74 килограмм салмақ категориясында елимиздиң абырайын қорғаған Бегзод Абдураҳмонов делегациямызға дәслепки алтын медальды алып кирген болса, грек-рим гүресинде Мўминжон Абдуллаев 130 килограмм салмақта текшениң бириншисинен орын алды.
Сондай-ақ, академиялық ескек есиў спорт түриниң жуплық беллесиўлеринде Шаҳбоз Абдужабборов ҳәм Шаҳбоз Холмурзаевлар мәнзилге биринши болып жетип келди. Таэквондо (WTF) бойынша өткен 80 килограммға шекемги салмақ категориясындағы беллесиўлерде Никита Рафалович барлық қарсыласларын жеңип шықты.
Олардың ҳүрметине Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.
Азия ойынларының гүмис медальларына грек-рим гүреси бойынша Рустам Ассакалов, академиялық ескек есиў бойынша жуплықлар арасында – Сардор Тўлқинхўжаев ҳәм Алишер Турдиев, таэквондо (WTF) бойынша Дмитрий Шокин, Мадина Маннопова, Ниёз Пўлатов, спорт гимнастикасының сүйенип секириў жарысында Оксана Чусовитина, аўыр атлетикада Достон Ёқубов және усы беллесиўлерде Дарья Латишева сазаўар болды.
Сондай-ақ, жарыста еркин гүресшилерден Сирожиддин Ҳасанов, Магомед Ибрагимов, Давид Модзманашвили, академиялық ескек есиўдиң төртликлер арасындағы беллесиўлерде – Зафар Усманов, Исламбек Мамбетназаров, Шеҳроз Ҳакимов, Отамурод Рахимов, таэквондо (WTF) бойынша Светлана Осипова, Нигора Турсунқулова, аўыр атлетикашы Адҳамжон Эргашев делегациямызға бронза медальларды инам етти.
Футбол беллесиўлеринде Өзбекстан жаслар сайланды командасы 1/8 финаллық басқышта Гонконг сайланды командасы үстинен 3:0 есабында жеңиске ерисип, шерек финалда Қубла Корея командасына қарсы майданға түсетуғын болды.
Азия ойынлары даўам етпекте.
Ж.ТОШХЎЖАЕВ,ӨзАның хабаршысы