Азия ойынлары-2018 бағдарламасынан орын алған футбол жарысларында дәслепки шерек финальшылар анықланды.
Бул басқышта Өзбекстан У-23 сайланды командасының ағзалары гонконглы қарсыласлары үстинен ири – 3:0 есабында жеңиске еристи.
Дәслебинде Икрам Әлибаев есапты ашқан болса, соң Достон Ҳамдамовтың әжайып топ узатыўынан кейин Жавоҳир Сиддиқов арадағы парықты арттырды. Биринши бөлимде-ақ майданға бир адамы аз болған Гонконг У-23 сайланды командасы екинши бөлимде ўәкиллеримизге айтарлықтай қарсылық көрсете алмады. Нәтийжеде 65-минутта сайланды командамыздың сәрдары Забихулло Ўринбоев басы менен бос қалған дәрўазаны анық нышанға алды ҳәм ойынға жуўмақлаўшы ноқатты қойды- 3:0.
Ярым шерек финалдағы және бир ушырасыўда Палестина олимпиада сайланды командасы сириялы теңлеслерине киши-1:0 есабында жеңилип қалды. Бүгин сондай-ақ, Вьетнам-Бахрейн және Иран-Қубла Корея олимпиада сайланды командалары өз-ара күш сынасады. Бизиң итибарымызды көбирек Иран ҳәм Қубла Корея беллесиўи өзине тартады, себеби мине усы беллеесиўдиң жеңимпазы ярым финаль жолында Ҳайдаровтың шәкиртлерине қарсылас болады.
ӨзА