Академиялық ескек есиў спорты бойынша бүгинги күнге белгиленген сегиз адамлық қайықтағы жарыслар өз жуўмағына жетти. Алдын хабар бергенимиздей, бул беллесиўлердиң финаллық басқышында Өзбекстан командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшы Исламбек Мәмбетназаров та қатнасты.
Трибуна сайтының хабар бериўинше, сегиз адамлық қайықта спортшыларымыз финиш сызығын екинши болып басып өткен ҳәм гүмис медаль жеңимпазларына айланған.
Еслетип өтемиз, кешеги төрт адамлық қайықта өткерилген финал жарысында 3-орынды ийелеп, бронза медалы жеңимпазы болған еди. Ал бүгин болса жерлесимиз өз нәтийжесин жаңалады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.