Бүгин – 23-август күни Индонезияда өткерилип атырған XVIII Азия ойынларының академиялық ескек есиў түринен өткерилген финал басқышында қарақалпақстанлы Исламбек Мәмбетназаров 4 адамлық қайықта Ш.Нажмиев, Ш.Ҳакимов ҳәм З.Усмановлар менен бирге командалық жарыста 3-орын жеңимпазы болды ҳәм бронза медалын қолға киргизди. Бул ҳаққында Айбек Айтимовқа тийкарланып Makan.uz сайты хабар бермекте.

Соны атап өтиў керек, бул көрсеткиш жерлесимиз ушын жаңаланыўы мүмкин. Себеби, ертеңги 8 адамлық қайықта болып өтетуғын финал басқышында команда қурамында Исламбек те қатнасады.

Спортшыларымызға бәрҳәма әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги