Қанлыкөл районындағы «Бахытлы» халықтың мәдений дем алыў орайында шахмат майданшасы пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Бул майданша жаслар арасында шахматты ғалабалық ен жайдырыў, жаслардың бос ўақытларын пайдалы өткериў менен бирге логикалық ойлаў қәбилетиниң өсиўине, шахмат шеберлериниң санының артыўына тийкар жаратыўы сөзсиз.

 

 

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-август күнги «Өзбекстанда шахматты раўажландырыў бойынша қосымша
илажлар ҳаққында»ғы қарары қабылланып, шахмат шеберлери, тренерлерин жетистириў, шахмат клубларын, улыўма билим бериў мектеплеринде шахмат класларын шөлкемлестириў ҳәм шахматтың жас категорияларына қарай буннан былай да раўажландырыў белгиленген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги