Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында XVIII жазғы Азия ойынлары басланғанынан хабарыңыз бар. Онда Азия материгиниң 45 елинен 10 мыңға шамалас спортшы 40 спорт түри бойынша 476 медаль ушын гүреспекте.
Азия ойынларының еркин гүрес беллесиўлеринде салмағы 74 килограммға шекем болған палўанымыз Бекзод Абдураҳмонов финалда қазақстанлы Данияр Қайсановқа қарсы гилемге түсти ҳәм 3:1 есабында жеңип, алтын медальды қорға киргизди.
Сондай-ақ, еркин гүресшилеримиз Сирожиддин Ҳасанов ҳәм Магомед Ибрагимов өз салмақ категорияларында қола медаль ийесине айланды.
У-шудың таулу бағдарында елимиз абырайын қорғаған Дарья Латишева финальға шекем табыслы қатнасып, гүмис медальды қолға киргизди.
Сол тәризде Өзбекстан делегациясы ҳәзирге шекем биреўден алтын ҳәм гүмис ҳәм екеўден қола медалына ийе болды.
Азия ойынларының футбол беллесиўлеринде «В» топарында қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы соңғы ушырасыўды Тайланд командасына қарсы өткерди.
Усы ушырасыўдың 17 минутында Забиҳилло Ўринбоев қарсы тәрептиң дәрўазасына топ киргизип, сайланды командамызды алдынға алып шықты. Екинши бөлимде ҳәр еки команда ағзалары дәрўаза алдында қәўипли жағдайлар шөлкемлестирген болса да, есап өзгермеди.
Солай етип, Өзбекстан ҳәм Тайланд ушырасыўы 1:0 есабында жуўмақланды. Бул жеңистен соң футболшыларымыз өз топарында 9 очко менен биринши орынды ийеледи ҳәм гезектеги басқышқа жол алды.
Жарыстың бүгинги беллесиўлеринде спортшыларымыз таэквондо (WTF), еркин гүрес, оқ атыў, ушу, спорт гимнастикасы, академиялық ескек есиў, теннис сыяқлы спорт түрлеринде қатнасады.
Ж.ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзАның хабаршысы