Елбасшымыздың басшылығында жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спортты раўажландырыў, ул-қызлардың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықаралық майданларда Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғай алатуғын қәбилетли жасларды тәрбиялаўға ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға турақлы итибар қаратылмақта.

Соның нәтийжесинде спортшыларымыз абырайлы жарысларда – Олимпиада ҳәм Азия ойынларында, жәҳән ҳәм континент чемпионатларында турақлы қатнасып, жоқары нәтийжелерге ериспекте.

Усы жыл 18-август сәнесинен  2-сентябрь күнлери аралығында  Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилетуғын XVIII жазғы Азия ойынлары өткерилмекте.

Азия ойынларына қатнасыў ушын 50 ге шамалас мәмлекеттен он мыңнан аслам спортшы жеңимпазлық ушын күш сынасады. Бул белллесиўде өзбекстанлы 232 спортшы 30 спорт түри бойынша болып өтетуғын жарысларда, соның ишинде Қарақалпақстанлы 7 спортшы, атап айтқанда спорттың аўыр атлетика түринен Рустам Жаңабаев, дзюдо спорт түринен Амангүл Алланазарова ҳәм Шарапатдин Балтабаев, еркин гүрес түринен Дәўлетбийке Яхшымуратова, Севара Ешмуратова, Набира Есенбаева, академиялық ескек есиў спорт түринен Ислам Мәмбетназаровлар қатнасып, Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

Азия ойынларына қатнасып атырған ҳәр бир спортшымыздың жоқары нәтийжелерге ерисе  бериўине тилеклеспиз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы