Өзбекстан спорт делегациясы 18-август – 2-сентябрь күнлери XVIII жазғы Азия ойынларына қатнасыў ушын Индонезияға жөнеп кетти.

Ислам Кәримов атындағы халықаралық аэропортында спортшыларымызды абырайлы жарысқа шығарып салыў ушын спорт жәмәәтшилиги жыйналды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спортты раўажландырыў, ул-қызлардың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықаралық майданларда Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғай алатуғын қәбилетли жасларды тәрбиялаўға ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға турақлы итибар қаратылмақта. Соның нәтийжесинде спортшыларымыз абырайлы жарысларда – Олимпиада ҳәм Азия ойынларында, жәҳән ҳәм континент чемпионатларында турақлы жоқары нәтийжелерге ериспекте.

Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында өткерилетуғын XVIII жазғы Азия ойынларында континентимиздиң елиўге шамалас мәмлекетинен он мыңнан аслам спортшы жеңимпазлық ушын күш сынасады. Бул белллесиўде өзбекстанлы 232 спортшы 30 спорт түри бойынша болып өтетуғын жарысларда Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

8.jpg

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 9-марттағы Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ҳәм  XVI Паралимпиада ойынларына таярлық көриў ҳаққындағы қарары спортшыларымыздың Азия ойынларына пуқта таярлық көриўинде, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе.

– Елимиз спортшыларының ири спорт әнжуманларында жоқары дәрежеге көтерилиўи жақсы дәстүрге айланған, – дейди таэквондо (WTF) бойынша жәҳән чемпионы Дмитрий Шокин. – Жерлеслеримиздиң Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында ерисетуғын нәтийжелери бурынғы Азия ойынларында қолға киргизилген табыслардан жоқары болатуғынына беккем исенемиз.

9.jpg

Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен Өзбекстан спортшылары жәҳән майданларында үлкен табысларға ериспекте. Халықаралық майдандағы абырайлы жарысларға, соның ишинде, Азия ойынларына қатнасып атырған ҳәр бир спортшымыз артында өзин мине усындай жоқары дәрежеге жеткерген Ўатанымыз, халқымыз турғанын, жаратылып атырған шараятлардың бәршеси Президентимиздиң жас әўладты камалға келтириўге болған итибары ҳәм ғамқорлығының нәтийжесинде екенин шын кеўилден сезинеди. Мине, усы сезим оларға күш-ғайрат, исеним бағышлайды. XVIII Азия ойынлары да Өзбекстан спортшылары ушын нәтийжели болатуғынына исенемиз.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзАның хабаршысы