Социаллық тармақларда Әмиўдәрья районы Маңғыт дийқан базарында өрт жүз бергени сәўлеленген видео пайда болды.

Жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде, тийисли жуўапкер шахслар менен байланысыў мүмкиншилиги болмағаны себепли Әмиўдәрья районы турғынларына мүрәжат еттик.

Ўақыяға гүўа болғанлардың хабар бериўинше, өрт 11-августқа өтер түнде саат шама менен 03:30 лар әтирапында жүзеге келген. Гүўалардың билдириўинше, өртке ток сымларының қысқа тутасыўы себепши болған.

Мағлыўмат ушын, усы күни Қарақалпақстанда күшли самал ҳәм жаўын-шашын болған еди.

Ўақыя бойынша толық мағлыўмат беремиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.