Өзбекстан Республикасы Конституциясының 1-статьясында «Өзбекстан — басқарыўдың республика формасына ийе суверен, демократиялық, ҳуқуқый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет» деп көрсетилген болса, 2-статьясында «Мәмлекет халықтың ерк-ықрарын сәўлелендирип, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм оның лаўазымлы шахслары жәмийет ҳәм пуқаралар алдын да жуўапкер болады» деп атап өтилген. Әлбетте, баслы нызамымызда көрсетилген бул ҳуқық ҳәм еркинликлер елимизде мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары етип белгиленген.
3 декабрь – халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Шымбай районының бир қатар орынларында байрам илажы болып өтти.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри М. Қурбанов, райондағы сектор басшылары менен бирге, районда жайласқан майыплығы болған ер адамлар ушын арналған Мүриўбет үйи, 24 -санлы көп тармақлы қәнигелестирилген Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, бул дәргайларда тәрбияланып атырған пуқаралар ҳәм балалар менен ушырасты ҳәм оларды байрам менен қутлықлап, өзлериниң таярлаған саўғаларын тапсырды.
Сондай-ақ, район ҳәкимлиги тәрепинен Шымбай районы орайында жайласқан пайызлы орынлардың бирине аймақта жасаўшы социаллық жəрдемге мүтəж пуқараларға байрам дәстурханы жайылып, оларға да арнаўлы саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы