Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында пуқаралық жәмийети институтларына айрықша тараў ажыратылған. Соның ишинде, жәмийетлик бирлесплери ҳәм басқа мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары пуқаралық жәмийетиниң тийкарларын шөлкемлестирилиўи белгилеп қойылған.
Кейинги жылларда әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хуқықый кепилликлерин тәмийинлейтуғын, заманагөй демократиялық талапларға ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын нормативлик-хуқықый база және де жетистирилди.
Нәтийжеде 20 дан аслам нызам, Президент ҳүжжетлери ҳәм хүкимет қарарлары қабыл етилди.
Бул Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги ашылыўы мүнәсибети менен өткерилген илажда атап өтилди.
Ташкент қаласында өткерилген илаж «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети, Әдиллик министрлиги, Олий Мажлис палаталары ҳәм басқа бир қатар шериклер менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Перспективалы басламаларды ислеп шығыў, сондай-ақ, ашық-айдынлық ҳәм инклюзивликти арттырыў бойынша сөйлесиў ҳәм кейинги қәдемлерди белгилеп алыў ушын ашық платформа болып хызмет еткен әнжуманда әдиллик министри Акбар Тошқулов шығып сөйледи.
-Өзбекстанда мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы өз-ара исенимди беккемлеў, пуқаралық жәмийетти раўажландырыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта, – деди А.Тошқулов. – Жаратылып атырған қолайлы шараятлардың нәтийжесинде пуқаралардың хуқықын, демократиялық қәдириятларды қорғаў, билимлендириў , медицина, мәденият ҳәм басқа тараўларда дерлик 10 мың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер еркин жумыс ислемекте, оларда 70 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған.
Соның менен бирге, мәмлекетимизде бақланып атырған социаллық-экономикалық ҳәм социаллық-сиясий раўажланыўдың жедел пәтлери, өз гезегинде, МКШ ҳәм пуқаралық жәмийети басқа интститутлардың ролин және де арттырыў, олардың жумысын раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў зәрүр екенлигин көрсетпекте.
«Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы, әйне, усы себепли ҳәм әҳмийетли ҳәм өз ўақтында қол қойылған ҳүжжет болып есапланады.
Илажда келешекте пуқаралық жәмийети институтының ўәкиллери менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў бағдарлары санап өтилди. Соның ишинде, мәмлекетлик социаллық жойбарларды әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының қатнасығын және де кеңейтиў зәрүр.
Халықтың хуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарлатыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралық жәмийетиниң раўажланыў мәселелери бойынша әмелий ҳәм фундаментал изертлеўлердиң қамтып алыўын кеңейтиў мақсетке муўапық. Тараў ўәкиллерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў жумысларының қамтып алыныўын кеңейтиўге айрықша итибар қаратыў керек.
Н.Абураимова, ӨзА