Фоторепортаж
Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине тәжирийбели педагог, Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы Айгүл Қурбаниязова басшылық етип келмекте. Бул мәкеме ҳәзирги күнде 160 баланы өз қушағына алған.
2016-жылы Инвестиция бағдарламасы шеңберинде жаңадан қурылған ММШБШда кишкентайлардың заманагөй нормалар тийкарында тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Бул жердеги меҳрийбан ҳәм маман педагог-тәрбияшылар жәмәәти балалардың ҳәр тәреплеме саламат камалға жетиўи жолында пидайылық пенен мийнет етпекте.
Жақында Өзбекстан Қураллы тартыслар ҳәм антитеррористлик гүрес майып-ветеранларының «Ўатан» қайырқомлық жәмийетлик фонды бөлим баслығы Ботир Содиқов ҳәм Хожели районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң ўәкиллери мәкемеде болып, балалар ҳәм педагог-тәрбияшылары менен сәўбетлести. Балалалардың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлары мийманларға қуўаныш ҳәм көтериңки кейпият үлести.
Илаж соңында жас әўладты тәрбиялаўдағы жемисли хызметлери ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң басшысы Айгүл Қурбаниязова «Вафо ва садоқат учун» медалы тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги