Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси даўам етпекте.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте. Билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған сиясат избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Келеси жыллары бақшаларда 80 процентке, жоқары оқыў орынларында болса кеминде 50 процентке жеткериў Ҳүкимет ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Халықаралық финанс институтларының 61 миллион доллар қаржылары есабынан 2025-жылы 252 жаңа бақша қурылады. Сондай-ақ, 174 бақша ҳәм 379 мектеп оңланады ҳәм жаңадан қурылады. Бул мақсетлер ушын бюджеттен 4 триллион сум ажыратылады.

Исбилерменлерге мектеп қурыў ушын 20 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.

ӨзА