Мине, бир неше айдан берли республикамыз мәҳәллелериндеги жаслар арасында «Футболымыз келешеги» жарысы өткерилип келинбекте. Усы жарысларда жәми 380 мәкан пуқаралар жыйынынан 2000 ға шамалас командалар өз-ара беллесип, онда 20 мыңнан аслам жас өспиримлердиң қатнасыўы тәмийинленди.
Усы жыл 7-август күни Хожели районы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде усы жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Онда жарыстың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған 9-10, 11-12, 13-14 жастағы мәҳәлле жас өспиримлеринен ибарат командалар қатнасты.
Финальда жоқарыда атап өтилген үш жас категориясында 10 қала ҳәм районнан 12 команда өз-ара беллесип, онда 172 жас өспирим қатнасты.
Жарыс жуўмағында 9-10 жас категориясында Елликқала районы «Наўайы» мәҳәллесиниң командасы биринши, Хожели районы «Қумбыз мәҳәллесиниң командасы екинши, Қоңырат районы «Қоңырат» мәҳәллесиниң ҳәм Шымбай районы «Шахтемир» мәҳәллесиниң командалары үшинши орынды ийеледи.
11-12 жас категорияларында Әмиўдәрья районының «Қызыл шалы» мәҳәллесиниң командасы биринши, Нөкис қаласы «Туран» мәҳәллесиниң командасы екинши, Қоңырат районы «Қоңырат» мәҳәллесиниң ҳәм Шымбай районы «Темир жол гүзары» мәҳәллесиниң командалары үшинши орынды ийеледи.
13-14 жас категорияларында Тақыятас районы «Тақыятас» мәҳәллесиниң командасы биринши, Шоманай районы «Таза базар» мәҳәллесиниң командасы екинши, Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» мәҳәллесиниң ҳәм Елликқала районы «Бостан» мәҳәллесиниң командалары үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.