Бүгин – 6-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура бөлиминде 2018-2019-оқыў жылы ушын ҳүжжет тапсырған студентлерден имтихан алыў процеси басланды.

Магистратура имтиханлары быйылғы жылдан баслап өзгериўи күтилип атырғаны ҳаққында ғалаба хабар қураллары мағлыўмат тарқатқан еди. Атап айтқанда, «Магистратура ҳаққындағы Реже»ниң 14-бәнтине муўапық, «Демократиялық жәмийет қурыў теориясы» ҳәм «Информатика» пәнлеринен болып өтетуғын имтиханлар алып тасланып, оның орнына қәнигелик пәни ҳәм шет тилинен имтиханлар болып өтиўи режелестирилген еди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бүгинги имтиханлар қәнигелик пәнинен болып өтпекте. Шет тилинен имтиханлар 8-август күни өткерилиўи режелестирилген.

Мағлыўмат ушын, быйылғы жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына жәми 14 қәнигелик бойынша студентлерден ҳүжжетлер қабылланды. Қабыллаў жуўмақларына муўапық, жәми 138 студенттен арза ҳәм ҳүжжетлер келип түскен.

2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 58 магистрант қабыллаў режелестирилген болып, олардың 14 и мәмлекетлик грант, 44 и төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.