Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында дүзилген “Китапқумарлар клубы” ағзалары ҳәм мәлимлеме ресурс орайы тәрепинен уллы ойшыл ҳәм данышпан шайыр Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен студентлери арасында “Әжинияз билимданы” таңлаўы болып өтти.
Таңлаўды университеттиң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов ашып берди.
Ол өз шығып сөйлеўинде Әжинияз Қосыбай улы өзиниң бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги менен халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, жас әўладты Ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин айтып өтти.
Таңлаў үш басқышта өткерилди. Онда қатнасыўшы топарлар тәрепинен Әжинияз Қосыбай улының шығармаларынан сахналық көринислер көрсетилип, нама қосықларына аяқ-ойынлар, жыраў ҳәм бақсылардың атқарыўындағы дәстанлардан үзиндилер қатнасыўшылардың дыққатына усынылды.
Таңлаў соңында биринши орынды қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң “Ашық Зийўар” топары ийелеўге миясар болды.
Ал, сыйлы екинши орын шет тиллери факультетиниң “Әжинияз ықласбентлери” ҳәм үшинши орын өзбек филологиясы факультетиниң “Келажак юлдузлари” командаларына несип етти ҳәм жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы