Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамы қарсаңында елимиздеги 100 жастан асқан бир топар кекселер Президентимиздиң пәрманына муўапық «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди. Олардың арасында Қанлыкөл районы «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бегжап» аўылында жасаўшы Тәжигүл апа Аллиярова да бар.

1915-жылы туўылған анамыз бир ул ҳәм бир қызды тәрбиялап, олардан 6 ақлық, 15 шаўлық сүйип отыр. Узақ жыллар аўыл хожалығы тараўында мийнет етип, өмири даўамында  бир қатар қыйыншылықларды бастан кеширди. Солай да болса, бүгинги ғәрезсизлик дәўириндеги халқымыздың бахытлы турмысын, ақлық-шаўлықларының қуўанышлы күнлерин көрип жасап атырғанына шүкиршилик етеди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кексе анамыздың шаңарағында болып, ғәрезсизлигимиздиң жигирма алты жыллық байрамы менен қутлықлады ҳәм «Шуҳрат» медалын тапсырды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Ҳүкимети, район ҳәкимлиги, жәмийетлик шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Өз гезегинде Тәжигүл апа бундай итибары ҳәм ғамқорлығы  ушын Президентимизге, республикамыз басшыларына миннетдаршылық билдирди. Аспанымыз ашық, елимизге тынышлық, халқымызға узақ және бахытлы өмир тиледи.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, район ҳәкими М.Қосназаров қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.