Республикамызда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, олардың турмыс шараятын жақсылаў, машқалалары менен танысып, шешим табыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Кегейли районының «Алтын-таала» мәкан пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен бирликте Қәйиненелер Кеңеси ағзалары ҳәм жаслардың қатнасыўында «Миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларды сақлаў және раўажландырыў» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Қәнигелер тәрепинен «қызлар дәптери»н жүргизиў бойынша мәҳәлле қызлары менен өз алдына сәўбет өткерилип, олардың машқалалары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды. Машқалаларды сапластырыў илажлары көрилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Майыплар жәмийети ҳәм Ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкиллери майыплығы бар ҳаял-қызлар менен ушырасып, олардың да машқалаларын шешиў жоллары талқыланды.

 

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.