Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына бола, бүгинги күнде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көшпели қабыллаўханалар шөлкемлестириў режелестирилген. Өткен жума күни (20-июльде) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муўса Ерниязов республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған – Қоңырат районының «Қарақалпақстан» посёлкасы турғынлары менен ушырасты.

Посёлкадағы 3 мыңнан аслам халықтың түрли қатламлары менен тиккелей ушырасып, халық пенен байланысты кеңейтиў, олардың турмыс шараяты менен танысыў, машқалаларын үйрениў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўда аймақ турғынлары ҳәр қыйлы пикир-усыныслары, машқалалары, шешилмей киятырған мәселелери менен мүрәжат етти. Тийкарынан көп қабатлы турақ жайларды оңлаў, ишимлик суўы, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, социаллық объектлерде пуқаралар, әсиресе, балалар ушын қолайлы шараятларды жаратыў, кредит алыў, жумысқа орналасыў, асфальт жол салыў, трансформатор қурыў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

Илажда пуқаралардың барлық мүрәжатлары тыңланып, көпшилиги өз орнында шешимин тапты. Айырым мәселелер «Жол картасы»на киргизилип тийисли тәртипте шешилетуғын болды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.