Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына бола бүгинги күнде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көшпели қабыллаўханалар шөлкемлестириў режелестирилген. Буның тийкарғы мақсети – 4 сектор басшылары усы жыл 20-июльден 20-август күнлери аралығында халықтың түрли қатламлары менен тиккелей ушырасып халық пенен байланысты кеңейтиў, оларды қыйнап атырған машқалаларды анықлаў ҳәм өз орнында шешиў бойынша анық және жедел илажларды әмелге асырыў болып есапланады.

24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илаж районның «Кенегес» АПЖ аймағында болып өтти.

Оған усы сектор баслығы – Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Д.Бабажанов, район ҳәкимлигиниң 4 сектор баслықлары, жуўапкер басшылары, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, аймақ турғынлары қатнасты.

Илажды район ҳәкими Ф.Алламбергенов алып барды.

Ушырасыўда аймақ турғынлары 20 дан аслам ҳәр қыйлы пикир-усыныслары, машқалалары, шешилмей киятырған мәселелери менен мүрәжат етти. Тийкарғы машқалалар – газ, суў, электр энергиясы, кредит алыў, жумысқа кириў, асфальт жол салыў, трансформатор қурыў сыяқлы мәселелер дөгерегинде болды. Мәселен, «Үйшин» аўылынан напақадағы Х.Якубов усы жыл 1-августқа шекем аўыл турғынларының мүрәжаты бойынша аўылына транформатор қурылатуғынлығы ҳаққында тийисли орынлардан хат келгенлиги, бирақ елеге шекем ҳеш қандай жумыс басланбағанлығы, «Жалайыр» аўылынан Қ.Тлеубергенов аўылындағы газ, электр энергиясы машқаласы, Муқимий көшесинен Ш.Ҳабибуллаев жақын жерде Балалар бақшасы, шаштәрезхана, гөш сатыў дүканы, Тақыятас қаласына қатнайтуғын жәмийетлик транспорттың жоқ екенлиги, исбилермен Т.Қутыбаев «Аквацех» қурыў ушын жер мәселесиниң шешилмей атырғанлығы ҳәм басқа да мәселелер туўралы мүрәжат етти.

– Көшпели қабыллаўлардың сапалы ҳәм жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткерилиўин қадағалаў ҳәм мониторингин алып барыў Халық қабыллаўханаларына жүкленген,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Д.Наўрызбаев. – Бундай ушырасыўлар 28-сентябрьге шекем  ҳәптесине еки мәрте, график бойынша районның барлық мәҳәлле ҳәм аўылларында болып өтеди. Онда тийкарғы итибар қабыллаўлардың нәтийжелилигине қаратылады.

Илажда пуқаралардың барлық мүрәжатлары тыңланып, көпшилиги өз орнында шешимин тапты. Айырым мәселелер «Жол картасы»на киргизилип тийисли тәртипте шешилетуғын болды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.