28-июльға өтер түнде толық ай тутылыўы бақланады. 27-июль күни Жер Қуяш ҳәм Ай аралығынан өтеди ҳәм Айға саясын түсирип, оны қызыл реңге бояйды. Буны көп ўақыт даўамында бақлаў мүмкин, себеби толық Ай тутылыўы соңғы 100 жыллықтағы ең узақ ўақыт даўам етеди, деп хабар бермекте Daryo.uz KP.ru сайтына силтеме берип.

«Аспан шоусы» рекорд дәрежеде – 3 саат 56 минут даўам етеди (Ташкент ўақты менен 23:24 тен 03:20 ға шекем). Толық фаза 1 саат 44 минут даўам етеди (Ташкент ўақты менен 28-июль 00:30 дан 02:14 ке шекем).

Быйыл толық Ай тутылыўын Шығыс Африка, Жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия халқы көриўи мүмкин болады. Европа, Шығыс Азия ҳәм Индонезияда болса Ай тутылыўы бираз ўақыт даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги