Грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин басынан өткериў қәўпи жоқары болған және мәўсимнен алдын емленетуғын шахслардың топарлары тастыйықланды.

«Грипп жуқтырыў ҳәм оның белгилерин басынан өткериў қәўпи жоқары болған халықтың арасында грипптиң алдын алыў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

Қарарға муўапық, грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин басынан өткериў қәўипи жоқары болған және мәўсимнен алдын емленетуғын шахслар контингенти тастыйықланды.

Бул дизимге төмендегилер киргизилди:

ҳәмиледар ҳаяллар;

дем алыў органлары ҳәм жүрек қан-тамыр системаларының белгили созылмалы кеселликлерине шалынған ересек жастағылар;

60 жастан асқан адамлар;

6 айлықтан 59 айлыққа шекемги болған балалар;

медициана хызметкерлери;

«Меҳрибанлық» үйлери, кекселер, майыплар ушын «Сақаўат» интернат үйлери, балалар посёлкалары, балалар үйлеринде, кемшилиги болған балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде жасап атырған шахслар киргизилди.

Бунда мәмлекетлик социаллық мәкемелерде жасап атырған шахсларды емлеў мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады.

 

ӨзА