Бурын хабар еткенимиздей, «Үстирт геофизика экспедициясы» филиалы жәмәәти бүгинги күнде Үстирт кеңислиги ҳәм Аралбойы аймақларында ҳәм оның ултанында шет ел («Лукойл», “ERIEL”) компаниялары менен биргеликте тәбийғый жер асты байлықларын излеў ҳәм изертлеў жумысларын алып бармақта. Январь айында, олар тәрепинен төменги Сүргил кәни ашылып, оны өзлестириў бойынша жумыслар баслап жиберилген еди. Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы менен биргеликте алып барылған жумыслар нәтийжесинде күни кеше бул жерде қазылған тағы бир қудықтан газ шыға баслады.

– Соңғы жыллары елимиздиң жанылғы қорын көбейтиў жолларының бири болған нефть ҳәм газ геологиясы тараўына айрықша итибар берилип, Өзбекстан Республиқасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы «Устирт нефть-газли регионында геология-излеў жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы қарарын айтып өтсек болады. Быйыл январь айында төменги Сүргил майданында 3650 метрлик тереңликтен, яғный төменги юра дәўири қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлерин ала баслаған едик,-дейди филиал қәнигеси Мақсет Реймов. – Усы төменги Сүргил кәниниң ашылыўы бизлер ушын жаңа жыл саўғасы болған еди.

Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы менен биргеликте оны тастыйықлаў мақсетинде көплеген жумыслар исленди. Бир неше қудықлар қазылды. Күни кеше олардың биринен көп муғдардағы газ шыға баслады. Бул демек, Арал ултанында газ қорының әдеўир муғдарда екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Алдыңғы жыллары Арыслан, Инам, Қызыл-Шалы, Сайхун, Бесқала кәнлери ашылған еди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен Үстирт нефть-газ регионында геологиялық-излеў жумысларын әмелге асырыў бойынша дүзилген бағдарламаға муўапық 2018-жылы усы регионда алып барылатуғын жумысларды кескин түрде жеделлестириў арқалы және 25  жерде излеў жумысларын жуўмақлап, тағы 4 перспективалы структураны таярлаў ўазыйпасы турыпты.

Ҳәзирги күнде Үстирт регионында 4200 метрге шекемги тереңликте жайласқан төменги юра қатламларынан газ ҳәм газ конденсаты өнимлерин алыў илажлары даўам етпекте.

Әдилбай ЖИЙЕМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.