Сайтымыздың оқыўшылары тәрепинен көп берилген сораўлардың бири сыпатында бул сораўға жуўап табыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қабыллаў комиссиясына мүрәжат еттик.

Қабыллаў комиссиясы ўәкилиниң бизге мағлыўмат бериўинше, сыртқы бөлимниң тест сынақлары күндизги бөлимниң тест сынақлары өткерилетуғын күн менен бирдей – яғный 1-15-август күнлери аралығында өткериледи.

Күндизги бөлим өз алдына ямаса сыртқы бөлим өз алдына өткерилиўи ҳаққында еле анық мағлыўматлар жоқ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.