Қатар Мәмлекетиниң жетекши басылымы – «Аш-Шарқ» Самарқанд қаласында болып өткен «Уллы ата-бабалар мийрасы – III Ренессанс тийкары» VIII Халықаралық конгрессин толық сәўлелендирип барды. Атап айтқанда, әнжуман шеңберинде газетаның бас редакторы Жобир Салим Ал-Ҳармий Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Баҳромжан Аълоев пенен ушырасқанына айрықша итибар қаратты.

Мақалада сөйлесиў ўақтында Б.Аълоев айырым регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша еки мәмлекет көз қарасында  уқсаслық бар екенлиги, тәреплер халықларымыздың абаданлығы жолында ҳәр қыйлы тараўлар бойынша бирге ислесиўди тереңлестириў тәрепдары екенин атап өткенине итибар берилген.

– Қатар Өзбекстанның Парсы буғазы бирге ислесиў кеңесиндеги жақын стратегиялық шериги,-дейди дипломатымыз. – Халықларымыз бир-бирине жақынласыўда даўам етип, еле көп жумыс ислеўимиз, жаңа шеклер ашыўымыз керек екенлиги белгили. Ҳәзир биз мәмлекетлеримиздиң абаланлығын тәмийинлеўге жәрдем беретуғын жаңа, беккем ҳәм исенимли бирге ислесиў көпирлерин қурмақтамыз.

Сырқты сийсий уйымымыздың жуўапкер ўәкили Қатар – Өзбекстан исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилисин быйыл ноябрь айында өткериў режелестирилгенин мәлим етти. Бул биринши қәдемнен кейин ҳәр жылы гезекпе-гезек ушырасыўлар шөлкемлестирилетуғыны, шериклик бағдарламаларының иске қосылатуғыны атап өтилди.  Мәмлекетлеримиз еки әҳмийетли регион – Орайлық Азия ҳәм Парсы буғазы арасындағы байланысларды беккемлеў жолында үлкен миссияға ийе. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Самарқандта 2025-жылы Орайлық Азия ҳәм Парсы буғазы бирге ислесиў кеңеси жетекшилериниң екинши саммити өткерилиўи де пикиримизди дәлиллейди.

Қатарлы кәсиплеслеримиз Самарқандта болып өткен «Уллы ата-бабалар мийрасы – Үшинши Ренессанс тийкары» VIII халықаралық конгрессин ҳәм «Шарқ тароналари» ХIII халықаралық музыка фестивалын да толық сәўлелендирген.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА