Соңғы жыллары республикамызда жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў хәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып, пуқараларға тийисли тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде түсиник жумыслары жүргизилмекте. Бирақ, алып барылған үгит-нәсият жумысларына қарамастан бундай унамсыз жағдайлар еле де даўам етип атырғаны, көпшиликти тәшўишке салады.
Атап айтқанда, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў хәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша өткен 8 ай даўамында 2 894 жағдайда 374 гектар жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.
Соннан, 261 гектар жердеги 1 836 жағдай сапластырылып, 42 гектар жердеги 669 жағдай бойынша Судқа даўа арзасы киргизилген ҳәм 6 гектар жердеги 49 жағдай бойынша топланған ҳүжжетлер Прокуратураға үйрениў ушын жиберилген.
Соның менен бирге, республикамыз бойынша 2024-жылдың өткен 8 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы басқармасы ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен 26 168 жер участкасы ҳәм көшпес мүлклерге кадастр паспорты таярлап берилген. Бул ҳаққында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хабар берди.
Басқарманың мәлимлеўинше, кадастр ҳүжжетлерин таярлаў бойынша ең көп мүрәжат Нөкис қаласы турғынларынан келип түскен болып, олар 4 377 ни қурайды.
Кадастр ҳүжжетлерин таярлаў аймақлар кесиминде таллағанда, Нөкис қаласында 4 377, Әмиўдәрья районында 2 085, Беруний районында 2 520, Бозатаў районында 312, Шымбай районында 1 094, Елликқала 1 881, Кегейли районында 1 127, Мойнақ районында 398, Нөкис районында 1 035, Қанлыкөл районында 571, Қоңырат районында 2 278, Қараөзек районында 769, Шоманай районында 773, Тахтакөпир районында 260, Төрткүл районында 4 035, Хожели районында 1 530, Тақыятас районында 1 123 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилген.
Қосымша етилиўинше, Қарақалпақстандағы 34 835 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизиминен өткерилген.
Сондай-ақ, Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларындағы болған кадастр ҳүжжетлери толық электрон форматқа өткерилип, «Методикалық қолланба» тийкарында хатлаўдан өткерилип тәртипке келтирилди.
Ҳәзирги күнлери Нөкис қаласы хәм Төрткүл районларында архив ҳүжжетлериниң тәртиплестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Бүгинги күнде республикамыз бойынша бар 464 255 кадастр ҳүжжетлеринен 120 004 ҳүжжет жаңа тәртип бойынша санластырылып, тәртипке салынбақта.
Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша, жәми 4 420 жер участкаcы бағдарламаға киргизилген.
Соннан, 1 003 жер майданы 42,15 гектар жер участкасы “E-auksion” саўда майданшасында сатыўға қойылып, 166 жер участкасы реализацияланған, 1 050 и тийисли шөлкемлер тәрепинен бийкар етилген. 1 762 си комиссия тәрепинен көрип шығылмақта. Ал, 83 и жеңимпаз ретинде дизимге алынған.
Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў бойынша, жәми 2 514 жер участкасы бағдарламаға киргизилген.
Соннан, 846 сы аукционда сатыўға шығарылып, 349 дана жер участкасы “E-auksion” да реализацияланған.
Бул жумыслар республикамыз бойлап нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги