Франция мәмлекетинде болып атырған «Париж-2024» Паралимпиада ойынларында ҳаял-қызлар арасындағы ядро ылақтырыў (F12) беллесиўлеринде жеңимпаз ҳәм сыйлықланғанлардың аты анық болды.

Онда мәмлекетимиз атынан қатнасып атырған Сафия Бурхонова 14.12 метр нәтийже көрсетип, гүмис медальды қолға киргизди. Итибарлы тәрепи сонда, Сафия әйне усы бағдарда «Рио-2016» Паралимпиада ойынларында гүмис, «Токио-2020» Паралимпиадасында алтын медальға ийе болған.

Ҳәзирги шекем паралимпиадашыларымыз топлаған медальлар саны 8 алтын, 6 гүмис ҳәм 4 қолаға жетти.

 

Жавоҳир Тошхўжаев,

ӨзА