Өзбекстан Республикасы Президенти «Республикада аң аңлаў ҳәм аңшылық хожалықларының жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Оған муўапық, 2024-жыл 1-сентябрьден баслап аңшылық хожалығын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылады:
а) аң аңлаў тек аңшылық хожалықлары аймағында әмелге асырылады ҳәм аңшылық хожалықлары аймағынан тысқары аң аңлаўды әмелге асырыў қадаған етиледи (тәбийғый суў ағысларында, сондай-ақ каналларда ҳәм коллектор-дренаж тармақларында улыўмалық пайдаланыў тәртибинде физикалық шахслар тәрепинен балық услаў, жабайы ҳайўанлардың санын тәртипке салыў мақсетинде аң аңлаў ҳәм Экология министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипке тийкарланып еркин аң аңлаў аймақларында аң аңлаў буған кирмейди);
б) аңшылық хожалықларын шөлкемлестириў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм тоғай фонды жерлеринен 10 гектарға шекемги жер участкасы аңшылық базалары ҳәм 100 гектарға шекем жер участкасы питомниклер қурыў ушын бир лот сыпатында инвестиция ҳәм шәртнамалық миннетлемелерди белгилеген ҳалда юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге электрон онлайн-аукцион арқалы 49 жыл мүддетке төмендеги басқышларда ижара ҳуқықы тийкарында ажыратылады:
биринши басқышта – 10 жыл мүддетке;
инвестиция ҳәм шәртнамалық миннетлемелерди орынлаў нәтийжелерине бола:
екинши басқышта – 10 жыл мүддетке;
үшинши басқышта – 29 жыл мүддетке.
Онда, еки жыл мүддет ишинде жабайы ҳайўанларды жетистириў ҳәм қайта көбейтиў бойынша питомниклер инфраструктурасы ямаса қайта көбейтиў участкасы шөлкемлестирилмесе, ижара шәртнамасы бийкар етиледи;
в) электрон онлайн-аукцион жеңимпазы болған юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге аңшылық хожалықларына (аңшылық базалары ҳәм питомниклерге) тутас аймақтағы аң аңлаў жерлери Экология министрлиги менен тиккелей дүзилетуғын аң аңлаў жерлерин бериў ҳаққыдағы шәртнама тийкарында аңшылық хожалығын жүргизиў ушын бириктирип бериледи. Онда:
бириктирилген аң аңлаў жерлеринен пайдаланғаны ушын өндирилетуғын жыллық ҳақы муғдары Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Экология министрлиги тәрепинен белгиленеди;
электрон онлайн-аукцион жеңимпазы болған юридикалық ҳәм физикалық тәреплер аңшылық хожалығын жүргизиў ушын тутас аймақтағы аң аңлаў жерлерин бериў ҳаққындағы шәртнаманы дүзиўден бас тартқан жағдайда, электрон онлайн-аукцион нәтийжелери бийкар етиледи ҳәм жер участкалары қайта электрон-онлайн аукцион саўдаларына шығарылады;
г) аңшылық хожалықлары:
Экология министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын форматта ислеп шығылған ҳәм келисилген 10 жылға мөлшерленген техникалық-экономикалық жақтан тийкарланған материаллар тийкарында жумыс ислейди;
Питомниклерде жабайы ҳайўанларды толық басқышта жетистириўди жолға қойған ҳалда өзлерине бириктирилген аң аңлаў жерлерине қойып жиберилген жабайы ҳайўанлар санына тең муғдарда жабайы ҳайўанларды Экология министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында, олардың көбейтиў ўақытларынан тысқары жыл даўамында аң аңлаўды шөлкемлестиреди. Онда, жабайы ҳайўанларды услаўға байланыслы руқсатнама алыў талап етилмейди;
д) жабайы ҳайўанлардың көбейтиў ўақытлары Зоология институтының жуўмағы тийкарында белгиленеди.
2024-жыл 1-октябрьден баслап аңшылық гүўалығын бериўдиң төмендеги тәртиби орнатылады:
аңшылық гүўалығын алыў ушын талапкерлерди арнаўлы курсларда оқытыў енгизиледи;
аңшылық гүўалығы ислесиўге жарамлы, он сегиз жасқа толған, оқыў курсларын тамамлаған ҳәм тест сынақларынан табыслы өткен физикалық тәреплерге Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Экология министрлиги жанындағы Экотуризм ҳәм аңшылықты раўажландырыў департаменти тәрепинен 2 жыл мүддетке бериледи;
аңшылық гүўалығы берилгенлиги ҳаққындағы мағлыўмат физикалық тәреплердиң паспорты ямаса идентификациялаўшы ID –картасы мағлыўматларына интеграцияланады;
аңшылық гүўалығын алыў ушын оқыў курслары био көп түрлиликти сақлаў, ҳайўанлардың түрлери ҳәм анатомиясы, аң аңлаў қағыйдалары, аң аңлаў этикасы ҳәм аң усыллары және биринши жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы билимлер үйретилиўин нәзерде тутқан ҳалда Департамент ямаса билимлендириў мәкемелери тәрепинен шөлкемлестириледи;
аңшылық гүўаллығының әмел етиў мүддетин созыў ушын оқыў курсларында қайта оқыў талап етилмейди;
аңшылық гүўалығын рәсмийлестириў ушын төлем базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында, пенсиядағы ҳәм II- топар майыплығы болған шахслар ушын базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленеди;
аңшылық гүўалығын бериў тәртиби ҳәм аңшылық гүўалығын алыў ушын талапкерлерди оқыў курсларында оқытыў тәртиби Экология министрлиги тәрепинен белгиленеди.
ӨзА