Усы жыл 57-июль күнлери аралығында пайтахтымыздағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың стол тенниси бойынша  Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Чемпионат 1997-жыллары ҳәм 2005-жыллары туўылған, сондай-ақ, оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында өткерилип, оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 91 ер ҳәм 57 қыз бала қатнасты.

Жарыс халықаралық стол теннис федерациясы қағыйдаларына муўапық алып барылып, спортшылар жеке, жуплық усылында өз-ара күш сынасты.

Жарыс жуўмағында жеке усылда 1997-жылы туўылған ер балалар арасында Данияр Төремуратов, қызлар арасында Гүлхан Жалғасбаева,  2005-жылы туўылған ер балалар арсында Дамир Жүзбанов, қызлар арасында Күнсулыў Қошмуратова бириншиликти ийелеген болса,  жуплық усылда 1997-жылы туўылған ер балалар арасында Әмирхан Мәтниязов, Ләззат Нәзирбаев, қызлар арасында Үмида Алланиязова, Гүлназхан Айназарова,  2005-жылы туўылған ер балалар арасында Султанбек Пердебаев, Ислам Жумабаев, қызлар арасында Зулхумар Макарова, Хуршида Әкимбаева биринши орын жеңимпазы деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом менен сыйлықланды.

Жарыстың 1997-жылы туўылған спортшылары усы жыл 16-22-июль күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық чемпионатына жоллама алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы