Бүгинги күни мәмлекетимизде жаслар менен тиккелей пикирлесиў, олардың машқалаларын үйрениў, бәнтлигин тәмийинлеў, Ўатанды сүйиўшилик ҳәм елге садықлық руўхында тәрбиялаў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары хызметкерлери тәрепинен айрықша итибарға мүтәж, “Жаслар дәптери”не киргизилген ҳәм прокурорлар тәрепинен аталыққа алынған 24 мыңнан аслам жас пенен тиккелей ушырасып, машқалалары үйренилди. Үйрениўлер даўамында “Жаслар дәптери”не киргизилген  993, прокурорлар аталыққа алған  1 мың 259 жасқа әмелий жәрдем көрсетилди.

Атап айтқанда, 500 ге шамалас жас турақлы жумысқа орналастырылды, 113 жасқа субсидия тийкарында мийнет қуралы алып берилип, 38 жасқа жер ажыратылды. Сондай-ақ 79 жастың исбилерменликти жолға қойыўы ушын жеңилликли кредит ажыратылып, 136 жас кәсип-өнерге оқытылды,  394 студент-жастың шәртнама пулы төлеп берилди.

Буннан тысқары жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын 25 мыңнан аслам жасты қамтып алған ҳалда спорт ҳәм интеллектуаллық жарыслар, мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилди. Жасларға итибар, ертеңги күн ийелерин жетик инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған илажлар даўам етпекте.

         Қарақалпақстан хабар агентлиги