Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!” сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын қутлықлады. Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған, бурын болмаған үлкен имканиятлар ҳәм итибардан ҳәр бир жастың нәтийжели пайдаланып, елимиздиң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынлығын айрықша атап өтти.

Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзлериниң таланты, уқыбы менен заманласлары арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар “Үмит ушқыны” көкирек белгиси, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

30-июнь – “Жаслар күни” шын мәнисинде жаслардың асыға күтетуғын байрамына айланды. Быйылғы жылы да “Июнь – жаслар айлығы” шеңберинде спорт жарыслары, байрам илажлары, кеўил ашар ҳәм заўықлы кешелер өткерилди. Ең баслысы, жаслар айлығы өзинде мыңлаған жасларды жәмлей алды. Өткерилген байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, эстрадамыздың белгили ўәкиллериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги