Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы ҳәм Нөкис қаласы прокуратурасы хызметкерлери тәрепинен оператив илаж өткерилди.

Нөкис қаласы А.Досназаров көшеси бойында жайласқан «Гүлистан апа» аўқатланыў орнында М.А. исмли пуқара тәрепинен берилген арза тийкарында өткерилген усы илаж даўамында пуқара Т.А. арза ийесиниң исенимине кирип, оған баҳасы 450 миллион сумлық қурылыс объектин Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигинде жумыс ислейтуғын таныслары арқалы алып бериўди ўәде етип, оннан бул хызмети ушын қурылыс объекти баҳасының 15 процентин талап етип, химиялық жақтан қайта исленген жәми 20 миллион сум пулды алған ўақтында айғақлы затлар менен усланды.

Солай етип, пуқара Т.А. ның ҳәрекетлеринде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы, 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят белгилери бар екенлиги инабатқа алынып, анықланған факт бойынша жынаят иси қозғатылды.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги