“Жаслар күни” мүнәсибети менен Беруний районында да бир қатар илажлар өткерилди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң жаслар менен ушырасыўында бул бағдарда көплеген реформаларды баслап берди. Жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ҳәрекетлердиң үзликсиз даўамы болды. Өткен жыллар даўамында ерисилген табыслардың жуўмағын шықарар екенбиз, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге үйретиў, социаллық жәрдемге мүтәж жаслар менен ислесиў бағдарында районда бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде “Жаслар дәптери”не 694 жас киргизилип, усы күнге шекем 219 жасқа 451 миллион 470 мың сумлық 15 түрден зыят әмелий жәрдем көрсетилди.  Дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын 627 жасқа 402,5 гектар жер майданы 30 жыл мүддетке ажыратылды. Сондай-ақ, 193 жас кәсип-өнерге оқытылды.

Жаслардың арасында “Бес баслама олимпиадасы” өткерилип, быйылғы жылы 38 мың 733 жас 5tashabbus.uz электрон бот арқалы дизимнен өтти. Бул илажларда 25 мың 750 жас қамтып алынды.

Байрам мүнәсибети менен спорт жарыслары, “Зәкаўат” интеллектуаллық ойыны, мини футбол бойынша “Ҳәким кубоги” жарысының жеңимпазлары сыйлықланды. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги