Баку қаласында Әзербайжан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери Орайлық банклери төлем системалары қәнигелериниң аймақлық ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Орайлық банки ўәкиллери де қатнасты.

Қатнасыўшылар төлем системалары, қаржы технологиялары ҳәм киберқәўипсизлик тараўлары бойынша әҳмийетли мәселелерди додалап, тәжирийбе алмасты.

Өзбекстан Орайлық банки хызметкерлери ушырасыў шеңберинде «Suptech ҳәм Regtech» темасында презентация өткерди. Презентация даўамында қадағалаў ҳәм тәртипке салыў системаларының нәтийжелилигин арттырыўда жедел технологиялардан пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, ўәкиллеримиз «Киберқәўипсизликтиң әҳмийети» темасында лекция оқыды. Онда санлы қәўиплер күшейип баратырған бир шараятта киберқәўипсизликти тәмийинлеў мағлыўматлар ҳәм мәлимлеме системаларын қорғаўда әҳмийетли орын тутатуғыны көрсетип өтилди.

Илажда Әзербайжан төлем санаатындағы соңғы тенденциялар, Қазақстан мысалында Open API ҳәм Open Banking’ти енгизиў, Қырғызстан Республикасы төлем системасын санластырыў ҳәм Орайлық банклерде санлы валюталарды (CBDCs) раўажландырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар FinTech’лерди ҳуқықый тәртипке салыў ҳәм Әзербайжанда ашық банкинг енгизилиўин көрип шықты.

Буннан тысқары, Орайлық банклер арасында киберқәўипсизлик бойынша мағлыўмат алмасыў, ишки карта инфраструктурасын орайластырыў, оператив төлем системалары ҳәм аралықтан ҳәм трансшегаралық идентификация системаларын интеграциялаўға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, төлем хызметлерин жеткерип бериўшилердиң жумысын тәртипке салыўдың өзине тән тәреплери додаланды.

Бул илаж регионда заманагөй қаржы технологияларын раўажландырыў ушын бирге ислесиў ҳәм тәжрийбе алмасыўды беккемлеў бойынша әҳмийетли платформаға айланды.

Илаж қатнасыўшылары төлем системаларын раўажландырыў ҳәм интеграциялаў бойынша биргеликтеги стратегияларды ислеп шықты ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм орайлық банклер арасында мағлыўмат алмасыў бойынша келисимлер дүзди.

Ш.МАМАТУРОПОВА,

ӨзА хабаршысы